29.03.2024, Жума

Шөлкемлестириў-кадрлар топары

Шөлкемлестириў-кадрлар топары

Шөлкемлестириў-қадағалаў топарыныңфункциялық ўазыйпалары ҳаққында

1-бап. Улыўма қағыйдалар

1. Усы Реже Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Шөлкемлестириў қадағалаў топарының (кейиңги орынларда топар деп аталады) ўазыйпаларын, функцияларын, ҳуқықларын ҳәм жуўапкершилигин белгилейди.

2. Топар өз жумысында Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының Конститутциялары ҳәм нызамларына, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына, Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарарлары менен бийликлерине, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қаралары менен бийликлерине, басқа да нызам ҳүжжетлерине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының ҳүжжетлерине, сондай-ақ, усы Режеге әмел етеди.

3. Топар өз жумысын Министрлер Кеңеси Баслығының басшылығында әмелге асырады.

4. Топар өзине жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаўда Өзбекстан Республикасы Президенти Аппаратының тийисли хызметлери, Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси Баслығының көрсетпесине тийкарланып ҳәм қалалар менен районлардың, сондай-ақ, мәмлекеттиң басқа да уйымлары және басқа шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесе отырып,  әмелге асырады.

2-бап. Топардың ўазыйпалары ҳәм функциялары

          5. Төмендегилер топардың ўазыйпалары болып табылады:

Министрлер Кеңеси Баслығының Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының Конституцияларында, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамында ҳәм Өзбекстан Республикасының басқада нызамларында, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманларында, қарарлары менен бийликлеринде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен бийликлеринде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары менен бийликлеринде, басқа да ҳүжжетлерде белгиленген ўәкилликлердиң әмелге асырылыўын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте тәмийинлеў;

Министрлер Кеңесиниң басқарма, секретариат, топарлар менен бөлимлери, Министрлер Кеңесиниң қурамындағы министрликлер менен ведомстволар, район (қала) ҳәкимликлери тәрепинен атқарыў тәртибине муўапық жумыс алып барыўын қадағалайды;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери менен тапсырмалары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, бийликлери менен тапсырмалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси Баслықларының ҳүжжетлериниң орынлаў ҳалатын үйрениў ҳәм қадағалаў илажларын әмелге асырады;

белгиленген тәртипте Министрлер Кеңеси ис режесиниң жойбарын қәлиплестиреди, оның орынланыўы бойынша қадағалаўды алып барады;

басқарыў аппараты басшылары менен қәнигелерин қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў, хошаметлеў ҳәм оларға қарата тәртиплик жаза шараларын қолланыў ҳаққындағы усынысларды Минстрлер Кеңеси баслығы көрип шығыўы ушын белгиленген тәртипте киргизеди;

Министрлер Кеңесиниң номенклатурасына киргизилген лаўазымлар номенклатурасына муўапық кадрларды таңлаў, орны-орнына қойыў, қәнигелерди тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў иләжларын әмелге асырады, көрип шығылып атырған талабанларды ҳәр тәреплеме үрениўди ҳәм олар бойынша исенимли материаллар таярланыўын тәмийинлейди;

Министрлер Кабинетиниң қурамындағы министрликлер менен ведомстволардан, район (қала) ҳәкимликлеринен шөлкемлестириў-қадағалаў кадрлар мәселелерине байланыслы зәрүр ҳүжжетлерди талап етип алыў, олардан нусқа алыў, кадрлар мәселеси (ротация) бойынша оларға усыныс киргизеди, усыныслар таярлайды;

Министрлер Кеңесиниң номенклатурусына киргизилген лаўазымлар номенклатурасын жаңалап барады, вакант басшылық лаўазымларға талабанларды белгиленген тәртипте усыныс етеди;

келешекте мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлери, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшы лаўазымларына көтериў ушын басқарыў кадрлары резервин жетилистириў жумысларын шөлкемлестиреди;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары аймақлық бөлимлериниң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басқарыў кадрлары жумысының системалы мониторнингин алып барады;

басқарыў кадрларын есапқа алыў, олардың жеке ҳүжжетлерди жыйнап баратуғын томларын жетилистириў ҳәм алып барыў жумысларын шөлкемлестиреди;

резервке киргизилген басқарыў кадрларының кәсиплик билимлерин турақлы жетилистириў, маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў процесин шөлкемлестиреди;

Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары менен биргеликте Министрлер Кеңеси аппаратына кадрларды лаўазымға тайынлаў ҳәм  лаўазымнан азат етиў бойынша усыныслар таярлайды;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары аймақлық бөлимлериниң, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басқарыў кадрлары ҳәм олардың резерви ҳаққындағы мағлыўматлар базасын жетилистириўди ҳәм турақлы жаңалап барыўды тәмийинлейди.

мәмлекетлик сыйлықларға усыныўға байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди ҳәм усыныслар таярлайды;

шөлкемлестириў-қадағалаў ҳәм кадрлар мәселелери бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының қарарлары ҳәм басқада ҳүжжетлериниң жойбарларын таярлайды, өз ўәкиллигине тийисли болған Минисрлер Кеңеси Баслығының басшылығында өткерилетуғын мәжилислерди, ушырасыўлар менен басқа да илажларды шөлкемлестириў илажларын көреди;

Өзбекстан Республикасы Президенти, Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары сайлаўларын, Өзбекистан Республикасы референдумларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша тийисли сайлаў комиссияларына жәрдем көрсетеди;

Топар басшысы Министрлер Кеңесиниң Баслығы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти Аппараты, Олий Мажлис палаталары, Министрлер Кабинети аппараты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен өз-ара бирге ислеседи.

Усы Нызамға ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының қарарлары менен протокотолларына муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырады.

6. Топар өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын төмендеги функцияларды әмелге асырады:

Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының Конституциялары, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы, Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери менен тапсырмалары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң қарарлары ҳәм тапсырмалары менен жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша анық илажларды ислеп шығады ҳәм әмелге асырады;

Министрлер Кеңеси Баслығының регионды социаллық-экономикалық раўажладырыўдың әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселелери бойынша есабы халық депутатлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилиўинде тараўға байланыслы материалларды таярлайды;

Министрлер Кеңеси Баслығының ис режесине шөлкемлестириў-қадағалаў топары бағдары бойынша мәселелерге байланыслы усынысларды киргизеди;

физикалық ҳәмюридикалық шахслардың мүрәжатларын «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына муўапық көрип шығады;

Министрлер Кеңесинде атқарыў тәрбиниң талап дәрежесинде әмелге асырылыўын қадағалайды ҳәм әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Министрлер Кеңесиниң Баслығына мағлыўмат киргизип барады;

Министрлер Кеңесиниң жумысы ҳаққында жәмийетшиликти белгиленген тәртипте хабардар етиўди шөлкемлестиреди;

Топар нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да функцияларды орынлайды. 

3-бап. Топардың ҳуқықлары ҳәм жуўапкершилиги

       7. Топар өзине жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаў ушын төмендеги ҳуқықларға ийе:

Министрлер Кеңесинде көрип шығылатуғын мәселелерди талқылаў ҳәм ислеп шығыў ушын зәрүр болған материалллар менен мағлыўматларды мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлеринен, қала ҳәм район ҳәкимликлеринен, басқа да шөлкемлерден белгиленген тәртипте сораў ҳәм алыў;

зәрүрлик болғанда, Министрлер Кеңесинде көрип шығылатуғын мәселелерди ислеп шығыў, мәлимлеме ҳәм талқыланған материалларды, сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығының ҳүжжетлери жойбарларын таярлаў ушын мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлери, қалалар менен районлар ҳәкимликлериниң басшыларын ҳәм хызметкерлерин мирәт етиў, усы мақсетлер ушын ўақтынша эксперт топарларын шөлкемлестириў;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлеринен, қалалар менен районлар ҳәкимликлеринен, басқа да шөлкемлерден Министрлер Кеңеси Баслығының ҳүжжетлери ҳәм қарарлары жойбарларын пуқта қайта ислеўди белгиленген тәртипте талап етиў;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлерине, қалалар ҳәм районлар ҳәкимликлерине, басқа да шөлкемлердиң басшыларына оперативлик пенен шешиўди талап ететуғын ҳәм басқарыў аппаратына жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаўға байланыслы болған мәселелер бойынша бегиленген тәртипте тапсырмалар бериў;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлериниң, қалалар менен районлар ҳәкимликлериниң, басқа да шөлкемлердиң нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң, Министрлер Кеңеси Баслығыныңҳүжжетлери менен тапсырмалары, оның орынбасарлары тапсырмаларының орынланыўы бойынша жумысларды белгиленген тәртипте үйрениў.

8. Топар: өзине жүкленген ўазыйпалар менен функциялардың сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы;

Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери менен тапсырмаларына, Президент Аппараты, сондай-ақ, Олий Мажлис палаталары аппаратлары және Миистрлер Кабинети Аппараты, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси Баслығының тапсырмаларына муўапық усыныслар менен ҳүжжетлердиң жойбарлары ҳәр тәреплеме ҳәм өз ўақтында таярланыўын талап етиў;

социаллық-экономикалық раўажландырыў тенденцияларының, экономика тармақлары менен тараўларында экономикалық реформалар әмелге асырылыўының системалы мониторинги алып барылыўы, Министрлер Кеңеси Баслығының көрип шығыўын ҳәм қарар қабыл етиўин талап ететуғын машқалалы мәселелердиң келип шығыў себеплерин өз ўақтында анықлаўы ҳәм усыныслар таярлаўы;

мәмлекетлик уйымлар менен басқа да шөлкемлер тәрепинен Министрлер Кеңесине киргизилетуғын усыныслар менен ҳүжжетлердиң сапалы ҳәм өз ўақтында ислеп шығылыўының шөлкемлестирилиўи, олардың экономикалық, қаржы ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткерилиўи, сондай-ақ, тийкарланған шешимлер таярланыўы;

Өзбекстан Республикасы Президенти Аппаратына, Олий Мажлис Палаталарына ҳәм Министрлер Кабинетине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесине көрип шығыў ушын киргизилетуғын ҳүжжетлер менен усыныслар жойбарларын ислеп шығыўдың ҳәм эскпертизадан өткериўдиң сапасы, сондай-ақ, киргизилген жойбарлар менен қабыл етилген қарарлар әмелге асырылыўының социаллық-экономикалық ақыбетлери;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 12-январьдағы «Атқарыў тәртибин беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы 12-санлықарарына муўапық атқарыў тәртибиниң тәмийинлениўин қадағалаў;

Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасы нызамларының, Өзбекстан Республикасы Президенти пәрманларының, қарарлары менен бийликлериниң, Олий Мажлис палаталары қарарлары менен тапсырмаларының, Министрлер Кабинети қарарларының, бийликлери менен тапсырмаларының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси қарарларының, бийликлери менен тапсырмаларының, Миистрлер Кеңеси Баслығы ҳәм оның орынбасарлары тапсырмаларының мәмлекетлик уйымлар менен басқа да шөлкемлер тәрепинен орынланыў ҳалатын үйренип барады.

4-бап. Топардың структурасы

9. Шөлкемлестириў-қадағалаў топары структурасына топар басшысы, бас қәнигеси, жетекши қәнигеси ҳәм 1-категориялы қәнигелер киреди.

Шөлкемлестириў-қадағалаў топарының структурасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланады.

10. Шөлкемлестириў-қадағалаў топарының жумыслары усы Режеге муўапық шөлкемлестириледи.

11. Шөлкемлестириў-қадағалаў топары өз жумысында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине бойсынады.

Шөлкемлестириў - қадағалаў топары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен келисилген ҳалда Министрлер Кеңеси Баслығының қарары мененлаўазымға тайынланады ҳәм лаўазымнан азат етиледи.

5-бап. Топардың жумысын шөлкемлестириў

12. Шөлкемлестириў - қадағалаў топарының жумыслары Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының Конституцияларына, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына, Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамларына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарларына, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери менен тапсырмаларына, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарларына, бийликлери менен тапсырмаларына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының тапсырмаларына муўапық, сондай-ақ, Министрлер Кеңесиниң ис режеси тийкарында шөлкемлестириледи.

13. Топар басшысы: Топарға тиккелей басшылық етеди, өз қәнигелериниң жумысларын шөлкемлестиреди ҳәм шөлкемлестириў-қадағалаў топарына усы Режеде белгиленген ҳәм жүкленген ўазыйпалар менен функциялардың орынланыўы бойынша жеке жуўап береди;

киргизилген усыныслар менен ҳүжжетлер жойбарларын көрип шығыўда мәмлекетлик принциплерге қатаң әмел етилиўин тәмийинлейди, олардың эксперт жағынан ислеп шығылыўын шөлкемлестиреди ҳәм таярланған ҳүжжетлердиң жойбарларына виза қояды. Тийисли ҳүжжетлер қабыл етилгеннен соң олардың орынланыўы бойынша системалы қадағалаўды тәмийинлейди;

тастыйықланған структураға ҳәм штатлар дизимине муўапық лаўазымға усыныс етилип атырған талабанлардың, қәнигелердиң кәсиплик дәрежесин ҳәм маманлығын арттырыў, оларды хошаметлеў ҳәм оларға жаза шараларын көриў бойынша усынысларды пуқта ислеп шығады ҳәм киргизеди;

қәнигелер арасында ўазыйпалардың бөлистирилиўин, сондай-ақ, бөлимниң ярым жыллық ис режеси жойбарын ислеп шығады ҳәм тастыйықлаўға киргизеди, қәнигелердиң ис режелерин тастыйықлайды;

Министрлер Кеңесиниң Баслығы яки оның орынбасары өткеретуғын мәжилислерде, соның ишинде, ҳәр ҳәптелик аппарат мәжилислеринде ҳәм комиссиялар мәжилислеринде, сондай-ақ секретарияттың жумыс алып барыў тараўына киретуғын мәселелер бойынша өткерилетуғын басқа да мәжилислерде қатнасады;

жумыс ислеўдиң белгиленген тәртипте алып барылыўын тәмийинлейди, шығыс хатларға қол қояды.

14. Шөлкемлестириў-қадағалаў топарының бас қәнигеси, жетекши қәнигеси, 1-категориялы қәнигелери:

Тиккелей топар баслығының басшылығында жумыс алып барады;

функциялық ўазыйпаларға муўапық усыныслар менен ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ислеп шығылыўы, исенимлилиги ҳәм өз ўақтында таярланыўы және функциялық ўазыйпаларға муўапық тапсырмалардың ҳәм қабыл етилген ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша қадағалаўдың тәмийинлениўи ушын жеке жуўап береди;

тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен киргизилген усынысларды ҳәм ҳүжжетлер жойбарларын ҳәр тәреплеме талқылайды, олар бойынша талқыланған материаллларды ҳәм эксперт усынысларды таярлайды, сондай-ақ, олардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте зәрүр түрде келисиўин тәмийинлейди;

қабыл етилген ҳүжжетлер бойынша қадағалаў режесин яки шөлкемлестириў илажларын ислеп шығады ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықлаў ушын киргизеди, экономиканың тийисли тармақлары менен тараўлары бойынша – ӨзбекстанРеспубликасы Нызамларының, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис палаталары қарарларының, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери менен тапсырмаларының, Өзбекстан Республикасы Миистрлер Кабинети қарарларының, бийликлери менен тапсырмаларының, Министрлер Кеңеси Баслығы ҳүжжетлериниң орынланыўын талқылайды;

тийисли функциялық мәселелер ҳәм ҳүжжетлер бойынша системаластырылған мағлыўматлар базасының қәлиплестирилиўин ҳәм алып барылыўын, оның турақлы түрде жаңаланыўын шөлкемлестиреди;

мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының тийисли аймақлық бөлимлери, қалалар ҳәм районлар ҳәкимликлери аппаратларының структуралық бөлимлери (экономикалық, қаржы ҳәм ҳуқықый хызметлер) жумысларының ҳалатын ҳәм нәтийжелилигин турақлы түрде үйренеди, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар киргизеди;

тийисли бөлимлер ҳаққындағы нызамға ҳәм функциялық ўазыйпаларға муўапық басқа да функцияларды әмелге асырады.