29.03.2024, Жума

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Арал бойы дельта ирригация системасы басқармасы

­­­­­­­­


Қайыпбергенов Маман Жиемуратович

 Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Арал бойы  дельта ирригация системасы басқармасы баслығы

 Mәнзил:

 230100, Нөкис қаласы,Жайхун гузары көшеси  13-жай

 Teлефон:

 0(361) 229 30 08

 E-mail:

 m.qayipbergenov@umail.uz

Қабыллаў күнлери:

 

Дүйшемби  10:00-12:00

 

 

Худайбергенов Бахтияр Қадирбаевич

Арал бойы дельта басқармасы баслығы орынбасары

 Mанзил:

 230100, Нөкис қаласы, Жайхун гузары көшеси  13-жай

 Teлефон:

0(361) 229 08 58

 E-mail:

b.khudaybergenov@umail.uz

Қабул кунлари:

Жума  10:00-12:00

 

 

 

Арал бойы дельта басқармасы баслығының

 ўазыйпалары

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2003 жыл 21-марттағы ПФ-3226 санлы пәрманы, Министрлер Кабинетиниң 2003 жыл 21-июльдағы 320-санлы қарары, Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы Министрлигиниң 2003 жыл 29-июльдағы 121-санлы буйрықларында белгилеп берилген Суў хожалығы саласында бирден-бир стратегиялық сиясаты қәлиплестириў ҳәм Суў хожалығы тармағынан пайдаланыў ҳәмде заманагөйлестирилиўин тәмийнлейди.

Арал бойы дельта басқармасының жумыс алып барыў бағдарына улыўма басшылық етеди. Басқарыў принциплери тийкарында жер усти суў ресурсларының ҳукиметлик басқарыўын әмелге асырады ҳәм барлық дәрежеде суўдан пайдаланыўшылардың базар принциплерин енгизиўди шөлкемлестиреди.

Бассейн басқармасында дузилген Суў хожалығы Кеңесиниң ағзасы есапланып, оның менен бирге жумыс алып барыў бағдарын муўапықластырады ҳәмде оның усынысы тийкарында қабыл етилген комиссия қарарларының орынланыўын тәмийнлейди.

Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасы менен келисилген ҳалда объектлердиң эксплуатация қәрежетлери, сақлаў, капитал ҳәм киши оңлаў жумыслары ушын Республикалық бюджетиниң мақсетли пайдаланыўына жеке жуўап береди ҳәм тийисли финанс ҳужжетлерине қол қояды.

Арал бойы дельта басқармасы тәрепинен дузилетуғын ҳәр турли шартнамаларды, Бассейн басқармасы тәрепинен жазба жуўмақ ҳәм пикирлерди, келтирилген усынысларды көрип шығып, разылық яки рад етиў бойынша Бассейн басқармасына усыныслар береди.

Арал бойы дельта басқармасы баслығы орынбасары, бас бухгалтер ҳәм Қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары бойынша бас қәнийге лаўазымларына таңлаў тийкарында тайынлаў ушын намзадларды Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасына усыныс етеди.

Сондай-ақ басқарманың штат кестесибойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы Министрлигинде тастыйықлаў ушын Бассейн басқармасына жибериледи.

Арал бойы дельта басқармасы басқарыў аппаратының штат кестесин Суў хожалығы бас басқармасы менен келисилген ҳалда зәрурият туўғанда, штаттағы хызметкерлердиң белгиленген санын ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды дөгерегинде тастыйықланған смета қәрежетлерине өзгертиўлер киритиў ҳуқуқына ийе.

Басқарма аппараты ҳәм тармақлары хызметкерлерин таңлаў тийкарында лаўазымларға тайынлайды.

Сондай-ақ басқарма аппараты бөлимлери ҳәм тармақлары ҳаққындағы нызамларын тастыйықлайды. Басқарманың Өзбекстан Республикасы нызам ҳужжетлери бузылған жағдайларда қабыл етилген қарарларын (көрсетпелерин) бийкар етеди.

Өзиниң жумыс алып барыў бағдары дөгерегинде нызам ҳужжетлеринде белгиленген басқа да ҳуқуқларға ийе.

Арал бойы дельта басқармасы басшы хызметкерлерин ҳәмде қәнийгелерин «Суў хожалығының ағласы» көкирек нышаны, Ҳурмет жарлығы ҳәмде ҳукимет сыйлықлары менен сыйлықлаў ушын Бассейн басқармасына усыныслар береди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине ҳәм Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасына жиберилип атырған хат ҳәм мағлыўматларға қол қояды ҳәм аппарат мәжилисин өткереди.

Арал бойы дельта басқармасы басқарыў аппараты, бухгалтериясы, қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары бөлими, кадрлар, ис жургизиў ҳәм юридикалық бөлимлериниң жумыс алып барыў бағдарларына тиккелей басшылық етеди. Басқарма қурамына кириўши тармақларының жумыс алып барыў бағдарларына өзиниң орынбасары арқалы басшылык етеди.

 

Aрал бойы дельта басқармасы баслығы орынбасарының ўазыйпалары.

 

Төменги Әмиўдәрья ирригация тармақлары бассейн басқармасы баслығы менен келисилген ҳалда басқарма бойынша машқалаларды шешеди. Қадағалаўда болған ҳужжетлердиң орынланыўын тәмийнлеўге жуўап береди ҳәмде төмендеги бөлимлерге тиккелей басшылық етеди ҳәм басқарады.

Арал бойы дельта басқармасының басқарыў аппаратының:

- Қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары бөлими;

- Автомехколонна;

- Киши хызметкерлер бөлимлерине тиккелей басшылық етеди.

Өзиниң ҳуқуқлары ҳәм ўазыйпалары дөгерегинде Республиканың басқа министрлик ҳәм мекемелер менен қәтнаста болыў, биргеликте усыныслар таярлаўға ҳәм көрип шығыў ушын басқарма баслығына киритиўге;

Басқарма тәрепинен тийисли рәўиште ҳукимет қарарларының, пәрмайышларының орынланыўын анализ қылады. Басқарма тармақларынан келис тускен хат ҳәм шағымларды көрип шығады ҳәм басқарма басшысына усыныс береди;

Басқармаға тийисли мәселелер бойынша тармақлардан мағлыўмат алыў ҳәм оларға тапсырмалар бериўге, сондай-ақ басқарма баслығы менен келисилген ҳалда бар машқалаларды шешиў мақсетинде тексериўлер, кеңеслер ҳәм семинарлар өткзиўге;

Басқарма балансындағы гидротехникалық сооружениелердиң, дамбалардың, автотранспорт ҳәм техникалардың ислеў нәтийжелилигин арттырыў режелери, муғдарлары ҳәм қәрежетлериниң улыўма жыллық есабатын анықлайды;

Суў хожалығы объектлерин пайдаланыўға сарпланған мийнет, материаллық-техникалық ресурслары, бюджет қаржыларының есап-китабын шығарады ҳәм ис-илажлар дузеди ҳәмде ремонт жумысларының орынланыўын тәмийнлейди;

Басқарма балансындағы суў хожалығы объектлериниң комплекси ремонт жумысларын шөлкемлестириў ҳәм мониторинг алып барыў, олардан исенимли  пайдаланыўды шөлкемлестириў, автоматика, телемеханика ҳәм байланыстың жаңа турлери ҳәм басқа әсбап-ускенелер, технологиялар енгизиўи ҳәм орынланған жумыслардың көлеминиң проект-смета ҳужжетлерине сәйкес  келиўин қадағалайды;

Гидротехникалық қурылмаларда пайланаыўды жәнеде тереңлестириў мақсетинде ремонт жумысларына таярланған проект-смета ҳужжетлерин экспертизадан өткизиў, гидротехникалық қурылмаларды паспортластырыў бойынша зәрур ис-илажлардың ислеп шығарылыўын ҳәм орынланыўын шөлкемлестиреди.

Автотранспорт, механизация ҳәм тәмийнат жумысларын раўажландырыўда бирден-бир техникалық сиясат ҳәм техника жетискенлиги нәтийжелерин енгизиў бойынша хызмет бөлимлериниң жумыс өнимдарлығы асырыў илажларын көреди;

Арал бойы дельта басқармасы аппараты хызметкерлериниң жумыс алып барыў бағдарында зәрур шарт-шараятлар жаратып бериў ҳәм барлық хызметкерлер тәрепинен орынлаў ҳәм тәртип-интизамға қатаң бойсыныўын қадағалап барады.