29.03.2024, Жума

Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған конституциялық реформалар шәраятында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасы натийжелилигин асырыўдың айырым мәселелери

Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған конституциялық реформалар шәраятында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасы натийжелилигин асырыўдың айырым мәселелери

 

Мәмлекет раўажланыўының заманагөй басқышында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың натийжелилигине ерисиўде мәмлекетлик басқарыўдың улыўма жаңа, нәтийжели ҳәм сапалы системасын жаратыў, республика ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының үйлесимли искерлигин шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген қатар ҳүжжетлер өз мәнисине көре, Өзбекстанның мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысында жаңа қәдемлерди баслап берди, деп айтыў мүмкин. Атап айтқанда, “2022 2026 жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы”нда төмендеги мақсетлер тийкарында реформаларды әмелге асырыў нәзерде тутылған:

- жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиниң институционал тийкарларын заман талапларына масластырыў;

- мәмлекетлик басқарыў уйымлары искерлигин “пуқараларға хизмет етиўге бағдарлаў” принципи тийкарында трансформациялаў;

- ықшам, профессионал, әдалатлы, жоқары нәтийжеге хызмет ететуғын мәмлекетлик басқарыў системасын енгизиў;

- мәмлекетлик басқарыў системасында ҳәкимшилик аппаратты ықшамластырыў ҳәм жумыс процесслерин оптималластырыў.

Сол мәниде алып қарағанда, мәмлекетлик басқарыў тараўына жаңа технологиялар ҳәм усылларды енгизиў ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалардың ең зәрүрли ўазыйпаларынан бирине айланған. Бул бойынша Президентимиз Шавкат Мирзиёев туўры атап өткениндей, “реформаларымыз халқымыздың күнделикли турмысында өз көринисин табыўы, күткен нәтийжелеримизге ерисиў тийкарынан мәмлекет басқарыўындағы нәтийжелилиликке тиккелей байланыслы”.

Айтып өтиў орынлы, улыўма мәмлекетлик басқарыў мәмлекет ерк-ықрарының вертикал ҳәрекетлениўи тийкарында әмелге асады. Бул процесс көпшилик жағдайда республика ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ортасындағы өз-ара қатнасықларда өз көринисин табады. Əлбетте, бунда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары ҳәм олардың искерлиги де әҳмийетли орынға ийе. Себеби, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары бирден-бир мәмлекетлик ҳәкимият системасының аймақлық бирлик дәрежесинде әмел етиўши қурам бөлеги ретинде жоқары мәмлекетлик уйымлар қарарларының аймақта әмелге асырылыўын тәмийинлеўи менен бир қатарда, улыўма мәмлекетлик мәплерди аймақ халқының мәплери менен үйлестириўде, аймақларды комплекс раўажландырыўда, жергиликли әҳмийетке ийе мәселелерди өз ўәкилликлери шеңберинде шешиўде оғада айрықша әҳмийетке ийе. Сонлықтан, бул сыяқлы мәселелер Өзбекстан Республикасының Конститусиясы, Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм басқа да нызамшылық ҳүжжетлери менен тәртипке салынған.

Мағлыўмат ретинде, усы тараўдағы нызамшылық ҳәм мәмлекетлик басқарыў теориясы тийкарында соны айтып өтиў орынлы, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ўәкилликли ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларына бөлинеди. Ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалаларда (районға бойсыныўшы қалалардан тысқары) халық депутатлары Кеңеслери жергиликли ўәкилликли ҳәкимият системасына киреди. Ал, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият системасын болса, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери қурайды (Өзбекстан Республикасы Конститусиясының XXI бабы ҳәм Өзбекстан Республикасының «Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты ҳаққында»ғы Нызамы).

Соның менен бирге, өткерилген үйрениў ҳәм анализлер жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасының нәтийжелилигин және де асырыў кереклигинен дерек бермекте. Себеби, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиниң институционал тийкарлары бүгинги күнде өткерилип атырған кең көлемли реформаларды толық түде әмелге асырыў имканын жетерли дәрежеде бермей атыр. Атап айтқанда, ҳәкимниң бир ўақыттың өзинде ҳәм жергиликли кеңеслерге, ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимиятқа басшылық етиўи ҳәкимлер ҳәм жергиликли кеңеслердиң өз ўазыйпаларын нәтийжели орынлаўына кери тәсир етиўи менен бирге, өз ара тыйып турыў ҳәм мәплер тең салмақлығын тәмийинлеўге тийисли демократиялық принциплерге де толық сәйкес келмейди. Сонлықтан, Президентимиз Ш. Мирзиёев 2022-жыл 20-июньдағы Конституциялық комиссия ағзалары менен ушырасыўда “мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўы системасын реформалаўдағы зәрүрли мәселе – бул орынларда ҳәкимлер ҳәм жергиликли кеңеслер ўәкиллигин ажыратыў есапланады” деп, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиндеги терең өзгерислердиң басланғанлығын жәриялаған еди.

Бул бойынша шет ел мәмлекетлериниң алдыңғы тәжрийбелерине нәзер аўдаратуғын болсақ, оларда жергиликли атқарыўшы ҳәм ўәкилликли уйымларының бөлек тәризде дүзилгенлигин ҳәм басқарылыўын көриў мүмкин. Мысалы, Франция Республикасында ҳәр бир аймақлық бирлик экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық мәселелер ушын жуўапкер болған ҳәм де жергиликли қәрежетлерди қадағалаўшы Кеңес (1986-жылдан баслап туўрыдан-туўры сайлаўлар жолы менен сайланады) тәрепинен басқарылады. Жергиликли атқарыўшы ҳәкимият президент тәрепинен тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын ең жоқары атқарыўшы лаўазымлы шахс – префект тәрепинен басқарылады. Əзербайжан Республикасында да усыған уқсас әмелият қәлиплескенлигин көриўге болады. Яғный, бул мәмлекетте де жергиликли атқарыўшы ҳәм ўәкилликли уйымлар бир-биринен ғәрезсиз түрде искерлик жүритип келмекте.

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары искерлигиниң институционал тийкарлары бүгинги заман талапларына толық жуўап бермеслигин көрсетпекте. Бул сыяқлы ҳалатлардың келешекте сақланып қалыўы аймақларда социаллық-экономикалық машқалалардың өз ўақтында шешилместен қалыўына, нәтийжеде социаллық кескинликтиң артыўына да себеп болыўы мүмкин.

Сол себепли, жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген мақсетлерден ҳәм әмелге асырылып атырған анализлер нәтийжелеринен келип шығып, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият системасының институционал тийкарларын бүгинги күн талаплары тийкарында жетилистириў мақсетинде ҳәкимлер бир ўақтыниң өзинде халық депутатлары Кеңеслерине де басшылық етиўи ҳаққындағы қағыйданың әмелдеги Өзбекстан Республикасы Конститусиясынан шығарып тасланыўы нәзерде тутылмақта. Бул өз гезегинде, ҳәкимиятлардың өз-ара тыйып турыў ҳәм мәплер тең салмақлығын тәмийинлеў принциплерине толық сәйкес келеди.

 

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Юридикалық хызмети баслығы, юридика илимлери бойынша философия докторы, сиясаттаныўшы Иматов Азат Маратович