28.03.2024, Пийшемби

2023-жыл 14-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қараөзек районы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты.

2023-жыл 14-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қараөзек районы «Қуралпа» аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасты.




Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен ишимлик суўы, ишки жолларды оңлаў, медициналық пункт шөлкемлестириў ҳәм тез жәрдем автомобиль ажыратыў ҳәм тағы басқада мүрәжатлар билдирилди.Мүрәжатлар тийисли тараў басшылары менен үйренилип, медициналық пункт шөлкемлестирилип, тез жәрдем автомобиль ажыратылағын болды.




Сондай-ақ, «Қуралпа»ға барыўшы барлық жап салмалар толық шөп-шарлардан тазаланғанлығын, 1-мартқа шекем пуқараларымыздың қыйтақ жерлери ушын толық ақаба суўы жеткерип берилетуғынлығы түсиндирилди. Буннан соң, аўылдағы социаллық объектлердиң жағдайлары менен толық танысып шықты.