29.03.2024, Жума

Бүгин 2023-жыл 6-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.

Бүгин 2023-жыл 6-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.


Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен турақ-жай менен тәмийинлеў, материаллық жәрдем алыў, балаларын операция етиў, бәнтлик, пенсия, коммуналлық, кадастр, фермелердиң жер мәселеси ҳәм мәмлекетлик уйымлар тәрепинен суд қарарының орынланбай атырғанлығы бойынша машқалалары тыңланды.


Мүрәжатшилердиң машқалалары тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйренилип, «Ҳаяллар дәптери»нде турыўшы ҳаяллардың ижара пулларының төлеп берилиўи, мәҳәлле бөлимлери тәрепинен бир мәртелик материаллық жәрдем пулларының ажыратылыўы бойынша мәселелери унамлы шешилди.


Сондай-ақ, айрым мүддет талап ететуғын мүрәжатлер Министрлер Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тийислиги бойынша тараў баслықларына машқаланы орнына шыққан ҳалда үйрениўин ҳәмде жуўмағы бойынша ис-илажлар ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берип өтти.

  

  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме Хызмети