28.03.2024, Пийшемби

“Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси искерлигиниң нәтийжелилигин баҳалаў” методикасы ислеп шығылмақта

Усы жылдың 4-август күни Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында мәмлекетлик хызметин реформалаў ҳәм басқарыўда нәтийжеликти асырыў ис-илажларына бағышланған видеоселектор мәжилисинде, ҳәзирги күнде мәмлекетлик хызметинде 118 мың хызметкер мийнет етип атырғанлығы, нәтийжелилик бойынша айтқанда, мәмлекетлик хызмети еле халықты разы ететуғын системаға айланбағанлығы ҳаққында айрықша атап өткен еди.

Сондай-ақ, Президентимиз мәмлекетлик хызметшилер искерлигиниң кепиллиги күшейтирилиўи бойынша, әсиресе келеси жылдан баслап мәмлекетлик хызметкердиң тәжирийбеси, билими ҳәм ерискен нәтийжесине қарап хошаметлеў системасын енгизиў бойынша бир қатар тапсырмалар берген еди.

Соны айрықша атап өтиў керек, 2022-жыл
 
8-август күни “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди.

Усы Нызамның 36-статьясында “Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери искерлигиниң нәтийжелилигин баҳалаў” мәселесине бағышланған болып:

мәмлекетлик пуқаралық хызметшисин хошаметлеў ҳәмде әдалатлы критериялар тийкарында лаўазым бойынша өсиўин тәмийинлеў ушын оның искерлиги нәтийжелилигин ең әҳмийетли көрсеткишлер тийкарында баҳалаў системасының енгизилиўи;

мәмлекетлик пуқаралық хызметкери искерлигиниң нәтийжелилигин ең әҳмийетли көрсеткишлер тийкарында баҳалаў методикасы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымы тәрепинен белгилениўи;

мәмлекетлик уйымы мәмлекетлик пуқаралық хыметкерлери искерлигиниң нәтийжелилигин баҳалаў методикасына муўапық, баҳаланыўшы кәсиптиң өзине тән өзгешелигин инабатқа алған ҳалда ишки тәртибин белгилеўи кереклиги ҳаққындағы нормалар менен беккемленди.

Усы нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен миллий ҳәм шет ел тәжирийбелерин үйрениў, анализлеў, бул саладағы жетискенликлерден пайдаланған ҳалда “Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери искерлигиниң нәтийжелилигин баҳалаў Методикасы” жойбары таярланды.

Бул Методика “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 36-статьясына муўапық мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлеринде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлерин хошаметлеў, әдалатлы критериялар тийкарында лаўазым бойынша өсиўин тәмийинлеў мақсетинде оның искерлиги нәтийжелилигин ең әҳмийетли көрсеткишлер тийкарында баҳалаў тәртибин белгилейди.

Пикир жүритилип атырған бул система кадрлардың кәсиплик искерлигинде жоқары нәтийжелерге ерисиўин хошаметлеў арқалы мәмлекетлик уйымы искерлиги нәтийжелилигин асырады.

Айрықша атап айтқанда, мәмлекетлик уйымында баҳалаў системасы төмендеги избе-изликте әмелге асырылып барылады:

искерлик нәтийжелилигин баҳалаў бойынша мәмлекетлик уйымға жүклетилген ўазыйпа ҳәмде функциялар, сондай-ақ мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм қадағалаў режелер ҳәмде тапсырмалардан келип шыққан ҳалда мәмлекетлик уйымның ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин ислеп шығыў;

мәмлекетлик уйымның ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин «шынжыр усылы» тийкарында бөлистириў арқалы мәмлекетлик хызметкердиң индивидуал ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлерин ислеп шығыў;

ислеп шығылған ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишке ерисилиўи бойынша турақлы түрде мониторинг алып барыў;

көрсеткишлердиң орынланыўына қарап жумыс бабында мәмлекетлик хызметкерди хошаметлеў яки болмаса тәсир шаралары қолланылады. Бунда көрсеткишлердиң мақсетли параметрлери ҳәмде ерисилген әмелдеги нәтийжелери турақлы түрде Бирден бир электрон платформаға киритип барылыўы тәмийинленеди.

Мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниң ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери төмендеги талапларға жуўап бериўи лазым:

анық, прогноз қылынып атырған нәтийже ҳәм күтилип атырған нәтийже дурыс белгилениўи керек;

өлшенетуғын, мәлим бир шәртли бирликлерде өлшеў мүмкин болған көрсеткишлерден пайдаланыўды нәзерде тутыў;

ерисиў мүмкинлиги, прогноз қылынып атырған параметрлер ерисиў имканы болған ресурс ҳәм ўәкилликлер менен муўапықласқан болыўы;

ўақыт шегарасының болыўы, көрсеткишлерге ерисиўдиң анық мүддетлери белгилениўи;

компетентлиги, ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлери мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниң белгиленген ўазыйпалары ҳәм жуўапкерлиги шеңберинде болыўы;

анық мақсетлерге қаратылғанлығы, мәмлекетлик уйымның стратегиялық мақсетлерге ерисиўге бағдарланғанлығы;

Методика менен:

баҳалаў системасын енгизиў басқышлары;

баҳалаў системасын енгизиўди шөлкемлестириў;

ең әҳмийетли нәтийжелилик көрсеткишлериниң мақсетли көрсеткишлерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;

ерисилген көрсеткишлерди есаплаў тәртиби;

мәмлекетлик пуқаралық хызметкери искерлигин баҳалаў механизми;

искерлик нәтийжелигин баҳалаў бойынша басқа да методлар (баҳалаў интервьюи, “360 дәреже” баҳалаў).

Әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық, “Мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлери искерлигиниң нәтийжелилигин баҳалаў МЕТОДИКАСЫ” жойбары норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталы https://regulation.gov.uz/oz/d/68180 га қойылды.

Усы жойбар менен барлық мәмлекетлик хызметкерлер танысып, жойбарды муўапықластырыў бойынша өзлериниң усыныс ҳәм пикирлерин билдиреди деп ойлаймыз.

 

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы

Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги

Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы

С.ДАНИЯРОВ