29.03.2024, Жума

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы кубогы жарыслары жуўмақланды


26 январь - Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен аймақтағы ҳуқық қорғаў органлары арасында шөлкемлестирилген мини-футбол бойынша жарыс жуўмақланды.

Нөкис қаласында жайласқан Балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде өткерилген усы жарыста Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы кубогы ушын жәми 10 команда күш сынасты.

Финал басқышына пуқта таярлық пенен жетип келген Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги 2-санлы тергеў қамақханасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы командалары өз-ара беллести.

 

Командалар ойынның тийкарғы ўақтында 3:3 есап пенен күшлери тең келген болса, пеналтилер сериясында бажыханашылар командасының 4:5 есап пенен қолы жеӊип шығып, сыйлы 1-орынды ийеледи ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы кубогы ийесине айланды.

Жарыста актив қатнасқан командалар ағзаларына ҳүрмет жарлықлары, жеңимпаз командаларға диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.