29.03.2024, Жума

Қарақалпақстан Республикасында ҳәким жәрдемшилери лаўазымға тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары менен 424 мәҳәлледе жумыс алып баратуғын ҳәким жәрдемшилери лаўазымға тайынланды.

Атап айтқанда Нөкис қаласында 64, Әмиўдәрья районы 49, Беруний районында 40, Елликқала районында 37, Төрткүл районында 37,  Кегейли районында 16, Қоңырат районында 39, Қанлыкөл районында 11, Қараөзек 13, Мойнақ районы 12, Нөкис районы 10, Тақыятас районы 13, Тахтакөпир районы 17, Хожели районы 26, Шымбай районы 22, Шоманай районы 13, Бозатаў районы 5 ҳәким жәрдемшилери жумыс баслайтуғын болды.

Ҳәким жәрдемшилери мәҳәллелерде пуқаралардың машқалаларын үйрениў менен бирге исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўшилердиң жойбарларына жәрдем береди, кәсип-өнерге оқытыў, қыйтақ жер, бос жер ҳәм бос турған имаратлардан нәтийжели пайдаланыўға бағдарлайды. Соның менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыў, мәҳәлле турғынларының жан басына дәраматын көбейтиў ҳәм кабағаллықты қысқартыўға жәрдем береди.

Соның менен бирге өзине бириктирилген мәҳәллени раўажландырыў бойынша 2022-жылға мөлшерленген «Жол картасы»н ислеп шығады ҳәм орынланыўын тәмийинлейди.

Әмелге асырылған жумыслар жөнинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары менен бирге Министрлер Кеӊеси Баслығына есап береди.

Жоқары нәтийжелерге ерискен ҳәким жәрдемшилери Миллий кадрлар резервине киргизиледи.