28.03.2024, Пийшемби

1031 бас Жорға туўалақлар жабайы тәбият қойнына жиберилди


Усы жылдың 29-сентябрь күни ҳәзирги ўақытта жоқ болып кетиў алдында турған ҳәм Қызыл китапқа киргизилген қуслардан бири болған Жорға туўалақлар Қараөзек районының «Қойбақ» АПЖ аймағында жабайы тәбият қойнына қойып жиберилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Экология комитетиниң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.  .Жорға туўалақлар 2009-жылда Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген болып, олар Қызылқум шөллеринде жасайды. Қараөзек районында тәбият қойнына жиберилген 1031 бас Жорға туўалақлар  Бирлескен Араб Әмирликлерине қараслы болған «International fund for houbara conservation» орайында көбейтилген.