29.03.2024, Жума

Транспорт министрлиги хабарландырады

Қарақалпақстан Республикасы қала, қала әтирапы ҳәм қалалар аралық автотранспорт жөнелислеринде жолаўшылар тасыўды шөлкемлестириў комиссиясы тәрепинен 2020-жыл 30-сентябрь, саат 10.00 де жолаўшылар тасыў транспортында хызмет көрсетиўге шәртнамалар дүзиў ҳуқықын алыў ушын Нөкис қаласы, Төрткүл гүзары 1 А-жай, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги имаратында ашық тендер таңлаўы өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.

 

Ашық тендерде белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы аймағында дизимнен өткерилген, мәмлекетлик салық хызмети уйымлары есабында турыўшы автомобиль транспортында тийисли рәўиште  қала, қала әтирапы ҳәм қалалар аралық жөнелислерде жолаўшы тасыўды әмелге асырыў ҳуқықын бериўши лицензия ҳәм де тендер усынысларында усыныс етилген ҳәр бир  автотранспорт қуралы ушын лицензия карточкаларына ийе болған ҳәр қандай юридикалық тәреп қатнасыўы мүмкин. Тендер қатнасыўшысы бир автотранспорт қуралын ҳәр қыйлы жөнелислерге усыныс етиўге ҳақылы емес. Сапластырыў ямаса банкротлық басқышында турған яки мүлкине арест салынған талапкерлердиң тендерде қатнасыўына жол қойылмайды.

 

Ашық тендерде қатнасыўды қәлеўшилер комиссияға тендер ҳүжжетлери пакетин алыў ушын Нөкис қаласы, Төрткүл гүзары 1 А-жай, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги, 2020-жыл 25-сентябрь саат 17.00 ден кешикпей комиссияға буйыртпа бериўи, тендер пакетлерине төлемлерин төлеп ҳәм тендер пакетлерин алып болыўы лазым.

Бир пакет бир жөнелиске бериледи. Ашық тендерде қатнасыўшылар комиссияға тендер хүжжетлери пакетин алыў ушын Өзбекстан Республикасы Ғазнашылық басқармасы Орайлық банк Ташкент қаласы 4014 2186 0354 0179 5010 0017 005 есап бетине (банк коды 00014, ИНН: 201036  035) төленеди, тендер хүжжетлери пакети ушын биринши пакет базалық есаплаў муғдарының ярым есеси - 111 500 сум, қалған ҳәр бир пакет ушын базалық есаплаў муғдарының төрттен бир бөлеги - 55 750 сум.

Қатнасыўшы тендерде қатнасыўдан бас тартқанда, тендер ҳүжжетлери пакети ушын төленген ҳақы қайтарып берилмейди.

 

Комиссияға тендер усынысларын ( пакетлерин ) тапсырыў мүддети 2020-жыл 29-сентябрь күни, саат 17.00 ге шекем.

 

Еслетпе:  Таңлаў карантин қағыйдаларына толық әмел еткен ҳалда өткериледи.

 

Қ Р Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети